100 граммлық алтын қуймалар сатыўға шығарылмақта

184

Орайлық банк халықтың инвестиция ҳәм жыйнаў имканиятларын арттырыў және де арттырыў ҳәм баҳалы металлар айланысын кеңейтиў мақсетинде 17-январьдан баслап 5, 10, 20, 50 граммлық өлшеўли алтын қуймаларға қосымша түрде салмағы 100 грамм болған алтыннан таярланған өлшеўли қуймаларды коммерциялық банклер арқалы сатыўға шығармақта.

Қуймалар арнаўлы қорғаныў қапларында сатыў ушын усынылады. Алтын қуймалардың қаплары сертификат ўазыйпасын атқарып өзиниң серия номерине ийе болады. Қабы пүтин алтын қуймалар сатыў шақапшаларында қуйма ийесине төлемди әмелге асырыў арқалы қайтарып сатып алынады.

Қабы бузылған ямаса техникалық талапларға сәйкес келмейтуғын алтын қуймаларды қайтарып сатып алыў оларды техникалық экспертизадан өткериў арқалы әмелге асырылады ҳәм экспертиза өткерилгеннен соң төлеп бериледи.

Қабы пүтин жағдайдағы алтын қуймаларды Өзбекстан аймағынан сыртқа алып шығыўға  рухсат етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги