Коррупцияның алдын алыў-бир мәртелик ҳәрекет емес

180

Коррупцияның алдын алыў  – бул бир мәртелик ҳәрекет емес, ал үзликсиз процесс. Сонлықтан, коррупцияның алдын алыўда оның ақыбетлерин үгит-нәсиятлап, түсиндириў жумысларын алып барыў оғада әҳмийетли есапланады.

Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Батыр Матмуратов Кегейли районында мәжилис өткерди.

Мәжилиске район ҳәкиминиң орынбасарлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда коррупцияның ашынарлы ақыбетлери, оның жәмийет ҳәм келешекке болған унамсыз тәсирлери ҳаққында кең сөз етилип, мысаллар тийкарында мағлыўматлар берди.

Мәжилисте илаж қатнасыўшылары тәрепинен баянатшыларға сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы