Қызларымыз «Универсиада-2025» ти жеңис пенен баслады

Волейбол бойынша республикамыз қызлар сайланды командасы «Универсиада-2025» спорт жарысларының республикалық финал басқышын жеңис пенен баслады.
Бухара қаласында усы спорт жарысларының волейбол спорт түри бойынша республикалық финал басқышы болып өтпекте.
Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардың сайланды командалары қатнаспақта.
Кеше Қарақалпақстан Республикасы қызлар сайланды командасы Ташкент ўәлаяты сайланды командасы менен ушырасып, өз қарсыласларын 25:14 ҳәм 25:17 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Тийкарынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студент-қызларынан дүзилген республикамыздың қызлар сайланды командасы бүгин Ферғана ўәлаяты сайланды командасына қарсы ойын өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы