Әмелге асырылған жумыслар додаланып, ўазыйпалар белгиленди

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратовтың басшылығында туризм, мәдений мийрас ҳәм мәденият тараўларында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм усы жылда ислениўи тийис әҳмийетли ўазыйпаларға арналған кеңейтилген мәжилис өткерилди.
Мәжилиске тараў басшылары ҳәм хызметкерлери, мәмлекетлик театр-концерт шөлкемлери, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери менен бирге оқыў орынларының басшылары қатнасты.
Илажда туризм, мәдений мийрас ҳәм мәденият тараўларында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар , өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, қолға киргизилген табыслар менен бирге, жол қойылған қәте-кемшиликлер сын көзқараста кең түрде додаланды.
Атап айтқанда, халыққа төлемли хызмет көрсетиў дәрежесин раўажландырыў, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлери тәрепинен мәдений дем алыў бағларында шәртнама тийкарында мәдений илажларды өткериўдиң талап дәрежесинде емеслиги, айырым басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлердиң бул мәселелерге немқурайдылық пенен қарап киятырғаны кескин түрде айтып өтилди.

Мәжилис соңында күн тәртибиндеги басқа да мәселелер көрип шығылып, алдағы ўақытлары әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги