Соңғы жыллары мәмлекетимидиң экономикалық өсиў динамикасы турақласып, бул тенденция халқымыздың турмыс дәрежесиниң артыўына өзиниң унамлы тәсирин көрсетпекте. Әлбетте, бул еки фактор елимизде электр энергиясынан пайдаланыўдың және де артыўына себеп болмақта. Мағлыўматларға қарағанда, 2030-жылға шекем Өзбекстанда электр энергиясына болған талап, шама менен 6-7 процентке өсиўи болжанбақта.

Сонлықтан мәмлекетимизде энергетиканың дәстүрий түрлеринен тысқары, қайта тиклениўши альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыўға үлкен итибар қаратылып, турғынларымызға жеңиллетилген кредитлер тийкарында қуяш панеллери қурып берилмекте.

Бозатаў районы Бозатаў посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Жүгинис Нурманов та заман бағытын дурыс аңлап, өткен жылдың май айында банктиң жеңилликли кредити есабынан үйине қуяш панелин орнатты.

Ол бул панель арқалы, тек өз үйиниң электр энергияға болған зәрүрлигин қанаатландырып қоймастан, қуяшлы күнлери өзлеринен аўысқан энергияны районлық электр тармақлары кәрханасына сатып келмекте.

-Елимиздеги ҳәр бир пуқара дәўир талабынан келип шығып турақ жайына усындай қуяш панелин орнатса, шаңарағы ушын қосымша дәрамат ҳәм үлкен имканият болады,-дейди ол биз бенен болған сәўбетинде.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы