Нөкис районы 15-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиздиң дүзилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.

Байрам кешесинде район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, әскерий тараў хызметкерлерин,  ветеранлар ҳәм  байрам қатнасыўшыларын сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, халқымыздың тынышлығы ҳәм қәўипсизлигин, мәмлекетимиз шегараларына қол қатылмаслығын тәмийинлеў, соныӊ менен бирге, тактикалық ҳәм  стратегиялық ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге ылайық болған,  заманагөй, ҳәр тәреплеме жақсы қуралланған миллий армияны және де жетилистириў бойынша салмақлы жумыслар алып барылып атырғанлығын атап өтти.

Буннан соң, 71181-санлы әскерий бөлиминиң офицер ҳәм сержантлары, районлық Қорғаныў бөлими хызметкерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалари тапсырылды.


Илаж районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги