Қарақалпақстан дийқаншылық илимий-изертлеў институтында халықаралық International Center for Biosaline Agriculture шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылып атырған “Development of Sustainable Agricultural Production Systems in Degraded Areas of Karakalpakstan” халықаралық жойбары шеңберинде алып барылған жумыслардың нәтийжелери бойынша оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Дийқан, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын  Қарақалпақстанның деградацияға ушыраған аймақларында турақлы аўыл хожалығы өндирис системасын раўажландырыў мәселелерине бағышланған бул семинарда ICBA шөлкеминиң Бирлескен Араб Әмирликлериндеги бас директоры Тарифа Алзааби ҳәм ICBA шөлкеминиң қәнигеси Др. М.Режапова, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық орайының директоры Б.Ҳабибуллаев, Шымбай районы ҳәкимлигиниң жуўапкерлери ҳәм дийқан фермер хожалықлары, қыйтақ жер ийелери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы шараятында деградацияға ушыраған жерлерди қайта иске қосыў, аймақларда турақлы аўыл хожалығы өндирис системасын раўажландырыў, суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы егинлерин жетистириў бойынша дийқан фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине мағлыўматлар берилди.

Илаж даўамында қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги