Республикамыз районларында 2025-жылдың өними ушын егислик жерлерди таярлаў, шүдигарлаў жумыслары нәтийжели даўам етпекте.

Жәми 85 мың гектар жерди шүдигарлаў белгиленген болып, бүгинги күнге келип 72 мың гектардан асламы, яғный 85 проценти шүдигарланды.

Мәўсим басынан шүдигарлаў жумыслары бойынша Әмиўдәрья (89,8%), Тахтакөпир (88,5%), Елликқала (86,8%) алдынғы қатарда келмекте.

Бул жумыслар ушын 138 отряд шөлкемлестирилген ҳәм 608 жоқары өнимли сүрим тракторлары қосылған.

Әлбетте, егислик жерлерде гүзги шүдигарлаў жумысларын шөлкемлестириў, мол зүрәәтке тийкар жаратып, бул агротехникалық илажды сапалы өткериў ушын биринши гезекте атызлар ғаўаша ҳәм басқа өсимлик қалдықларынан тазаланыўы, суўғарыў салмаларының тегислениўи, топыраққа зәрүр муғдарда жергиликли ҳәм минерал төгинлер төгилиўи мақсетке муўапық болып табылады.

Гүзги шүдигарлаў жумыслары орынларда қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги