Онда Спорт министри Адҳам Икрамов, Миллий Олимпиада Комитети Бас хаткери Айбек Қосимов, Комитет баслығының орынбасары Шерзод Тошматов ҳәм тараў қәнигелери қатнасты.
Мәжилисте болатуғын Олимпида ойынларына таярлық процесслери ҳаққында жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды. Сондай-ақ, жаңа Олимпиада циклинде сайланды командаларындағы лицензияларға даўагер спортшылар, олардың имканиятлары бойынша мағыўмат берилди. Мәжилис даўамында аймақларда алып барылып атырған үйрениў жумыслары жуўмағы бойынша пикирлер билдирилди.
Мәжилис соңында талантлы спортшыларды селекция етиў, сайланды командаларының техникалық базасын жақсылаў, спортшыларға турақлы түрде жергиликли ҳәм халықаралық оқыў шынығыўлар жыйынларын шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар, қалаберди, Өзбекстан делегациясын «Лос-Анджелес-2028» жазғы Олимпиада ойынларына пуқта таярлаў бойынша ислеп шығылатуғын Президент қарары жойбары ушын әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги