Хабарыңыз бар, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Zo’r TV» телеканалы Қарақалпақстанда бирнеше медиажойбарларды әмелге асырып, арнаўлы телекөрсетиўлерди сүўретке алмақта.

Бул жойбарлардың ең соңғы күни 15-августқа белгиленген болып, усы күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Туран» стадионында саат 19:30 да гала-концерт өткерилиўи жобаластырылған.

Мағлыўматларға қарағанда, гала-концертке өзбек эстрадасының белгили ўәкиллеринен Озодбек Назарбеков, Гулсанам Мамазоитова, Тоҳир Содиқов, Райҳон, Улуғбек Раҳматуллаев ҳәм Шаҳзодалардың келиўи күтилмекте.

Гала-концертке кириў бийпул.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.