Күтилген илажлар әмелге асырылатуғын болды.
«Жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм физикалық жақтан жетик етип тәрбиялаў, оларға тәлим-тәрбия бериў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Улыўма орта билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары 2018-жыл 1-сентябрьден баслаўыш класс муғаллимлери ушын 1,1 есеге, жоқары класс муғаллимлерине орташа 1,24 есеге шекем, директор, оның орынбасарлары ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге көбейтилди.
2019-жыл 1-январьдан жоқары категориялы муғаллимлер ушын 1,25 есеге, биринши категориялы муғаллимлер ушын 1,2 есеге, екинши категориялы муғаллимлер ушын 1,15 есеге, қәниге муғаллимлер ушын 1,1 есеге, директор, оның орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 1,1 есеге көбейтилди.
Үстемелер, класс басшылығы ҳәм дәптер тексергени ушын төленетуғын төлемлерди есапқа алған баслаўыш класс муғаллимлериниң базалық тариф ставкалары категориялар бойынша орташа есапта 24 проценттен 39 процентке шекем, жоқары класс муғаллимлериниң базалық тариф ставкасы 37 проценттен 49 процентке шекем, мектеп директоры ҳәм олардың орынбасарларына орташа 27 процентке, мәлимлеме-ресурс орайы (китапхана) баслықлары ҳәм китапханашылар ушын 26 процетке көбейтилди.
Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде муғаллимлер санынан келип шығып, 2018-жыл 1-сентябрьден баслап психолог штат бирликлери мектептеги оқыўшылар саны 250 ге шекем болғанда 1 штат бирлиги, 250 ден 800 ге шекем 1,5 штат бирлиги, 800 ден 1600ге шекем 2 штат бирлиги, 1600 ден 3000 ға шекем 2,5 штат бирлиги, 3000нан аслам болса 3 штат бирлиги етип белгиленди.
Сондай-ақ, мектеп психологларының базалық тариф ставкалары 2018-жыл 1-сентябрьден қәниге муғаллимлер базалық тариф ставкаларының 90 процентине теңлестирилди және 2019-жыл 1-январьдан 1,1 есеге көбейтилди. Нәтийжеде мектеп психологларының базалық тариф ставкалары 96 процентке артты.
Қарарда аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған педагог кадрларға ең кем мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў тәртибин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, қарарда ҳәр жылы аўыл ҳәм қалаларда арзан турақ жайлар қурыў бағдарламалары тийкарында қурылып атырған турақ жайлардың бир бөлегин халық билимлендириў системасындағы педагог хызметкерлерге 25 жыл мүдеттке жеңилликли ипотека кредити сыпатында бериў, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында педагог хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына жеңилликли кредитлер бериў, автотранспорт қуралын сатып алыў ҳәм басқа да мақсетлерге кредитлер бериў белгиленген.
Қарарда 2018-2020-жылларда педагоглық кәсиптиң жәмийеттеги жоқары абырай-мәртебесин үгит-нәсиятлайтуғын «Муғаллимлер ҳәм устазлар қыябанлары» шөлкемлестирилиўи белгиленди.
Қарардың және бир өзине тән тәрепи 2018/2019 оқыў жылынан баслап улыўма билим бериў мектеплери, соның ишинде, қәнигелестирилген мектеплер, көркем өнер ҳәм мәденият мектеп-интернатлары, Олимпиада резервлери мектеп-интернатлары және академиялық лицейлердиң питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медальларды бериў тәртиби енгизилди.
Тийисли министрликлер менен ведомстволарға улыўма орта, орта арнаўлы кәсип өнер, жоқары билимлендириў, мектептен тыс билимлендириў тараўына мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў, дүньядағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтингинде 1000 лық дизимге киретуғын сырт елли жоқары билимлендириў мәкемелириниң филиалларын ямаса факультетлерин Өзбекстан Республикасында лизенция алмай ҳәм басқа да жеңилликли шәртлерде шөлкемлестириў мәселесин үйренип шығып, алдыңғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында усыныс киргизиў тапсырмасы берилди.
Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналынан алынды.
ӨзА