Қарақалпақстан Республикасы балалар көп тармақлы медициналық орайының балалар гинекологиясы бөлими негизинде қызлар саламатлығы орайы жумыс баслады, деп жазады Gazeta.uz сайты.

Сондай-ақ, қызларға қәнигели гинекологиялық-амбулаторлық жәрдем көрсетиў мақсетинде барлық район ҳәм қалалардағы көп тармақлы орайлық поликлиникаларда қызлар саламатлығы бөлимлери шөлкемлестирилди.

Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Эльмира Боситханованың айтыўына қарағанда, буннан гөзленген мақсет елимиздеги 5 миллионнан аслам 18 жасқа шекемги болған қызларды қамтып алыўдан ибарат. Бул орайлар қыз балалар ҳәм жас өспирим қызларға жоқары технологиялық, қәнигелестирилген медициналық жәрдем бериўдиң заманагөй инфраструктурасын раўажландырыўда айрықша орын тутады. Кейин ала бул орайларға болған талапқа қарай жумыс көлемин және де кеңейтип барыў да нәзерде тутылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.