Жыл ақырына шекем питкериўшилердиң 50%тен көбирек бөлеги жумыс пенен тәмийинленген

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен 2024-жыл декабрь жағдайына бола, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм профессионал билимлендириў питкериўшилериниң ярымынан көбиреги жумыс пенен тәмийинленген.
Мағлыўматларға бола, 194 417 жоқары билимлендириў питкериўшисинен 113 856 (58,6%) сының, 147 900 профессионал билимлендириў мәкемелери питкериўшисиниң 74 403 (550,3%) иниң бәнтлиги тәмийинленген.
Мүддетли әскерий хызметти өтеп мийнет базарына қайтып атырған жаслардың бәнтлиги бойынша да жумыслар алып барылған. 2024-жылы 24 545 жас хызметти тамамлаған болып, олардан:
— 17 787 си турақлы жумыс пенен тәмийинленди;
— 1 279 ы әскерий бөлимлерде хызметти даўам етпекте;
— 2 047 си жоқары ҳәм жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етилген.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде 8 тийкарғы инструменттен пайдаланылмақта:
- «Бирден-бир миллий мийнет системасы» арқалы бос жумыс орынларына жоллама бериў.
- Кәсип-өнер орайларында кәсиплик көникпелер үйретиў;
- Субсидия ажыратыў арқалы социаллық қорғаўға мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў;
- Жәмийетлик жумысларға тартыў.
- Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары арқалы жеңилликли кредитлер бериў.
- Жер майданларын онлайн аукцион арқалы ижараға бериў.
- Жумыссызлық напақасын төлеў арқалы жасларды социаллық қорғаў.
- Сырт мәмлекетлерге ўақытша жумыс ислеўге жибериў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги