Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы К.Бурхонов басшылығындағы Олий Мажлис Сенаты делегациясы Астанада Қазақстан Республикасын турақлы раўажландырыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын мониторинг етиў бойынша парламент комиссиясының «Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў: парламентлер ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының роли» темасында болып өткен кеңейтилген мәжилисте қатнасты.
Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери ағзалары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, сондай-ақ, эксперт ҳәм қәнигелерди бир жерге жәмлеген илажда регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде парламентлер ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының орны додаланды.
Мәжилисте регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде парламентлер ҳәм жергиликли ўәкиллик уйымларының роли додаланды. Климат өзгериўи, суў ресурслары дағдарысы, шөллениў сыяқлы экологиялық қәўип-қәтерлер, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда Миллий ТРМ орынланыўы, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әме74лге асырылыўын қадағалаў бойынша парламент комиссиясының жеделлик көрсетип атырғанына айрықша итибар берилди.
Қатнасыўшылар Өзбекстан ТРМға ерисиў жолында үлкен табысларға ерисилип атырғанын көрсетип, регионаллық ҳәм халықаралық дәрежеде бирге ислесиўди және раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлап, глобал әҳмийетли мәселелерди миллий күн тәртибине интеграциялаўда үлги болып атырғаны атап өтилди.
Мәжилис шеңберинде климат өзгериўи, суў ресурслары дағдарысы, шөллениў сыяқлы экологиялық қәўиплерге, сондай-ақ, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар усы мәселелерди шешиўде парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, нызамшылық тәжирийбесин алмасыў ҳәм жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымлары менен бирге ислесиўдиң әҳмийетли екенин атап өтти.
Мәжилис жуўмақлары бойынша регион мәмлекетлериниң аўызбиршиликте, кең көлемли тең салмақлы раўажланыўына ерисиў ушын парламентлераралық бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша келисимлерге ерисилди. Орынларда турақлы раўажланыў күн тәртиби табыслы әмелге асыўы көп жақтан жергиликли ҳәкимият ўәкиллик уйымларына байланыслылығы себепли олардың әҳмийетли ролине айрыкша итибар қаратылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги