Өзбекстанның Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшиси Ойбек Шахавдинов (резиденциясы Будапештте жайласқан) Словения Президенти Наташа Пирц Мусарға исеним жарлықларын тапсырды. Бул ҳаққында «Дүнья» агентлиги хабар берди.

Рәсмий мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Словения арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўлардағы бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылган түрли дәрежедеги еки тәреплеме илажлар кестеси көрип шығылды. Ҳәр еки тәреп қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылдың октябринде Өзбекстанның Словениядағы биринши елшиси етип тайынланған Ойбек Шахавдинов усы мәмлекеттиң Сыртқы ислер министрлигине өзиниң исеним жарлықлары нусқаларын тапсырған еди.

Ойбек Шахавдинов Өзбекстанның Венгриядағы (резиденциясы Будапештте жайласқан) биринши, сондай-ақ, қоса алып барыў тийкарында Хорватия, Черногория ҳәм Словениядағы елшиси болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги