Германия Федератив Республикасының Франкфурт қаласында еки мәмлекет тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм қурылыс тараўларында жумыс алып баратуғын исбилерменлер қатнасыўында Өзбекстан-Германия бизнес форумы болып өтти.
Бул илаж Өзбекстан саўда-санаат палатасы, Өзбекстанның Германиядағы елшиханасы ҳәм “MUSIAD Hessen e.V” ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалы көрсетилди. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында алып барылып атырған реформалар ҳәм ерисилген келисимлердиң нәтийжелери бойынша додалаўлар өткерилди.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанда Германия инвестициясы қатнасыўында 221 кәрхана жумыс алып бармақта.
Форум жуўмағында Өзбекстан ҳәм Германия исбилерменлери пайдалы саўда шәртнамаларын дүзиў бағдарындағы мәселелерди толық ислеп шықты.
Б.Худойбердиев, ӨзА