Әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли Татьяна Акбаровна!
Қәдирли Самарқанд халқы!
Бүгин – 2-cентябрь, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың қайтыс болғанына бир жыл толды.
Усы мүнәсибет пенен кең жәмийетшилик, соның ишинде, әзиз Самарқанд халқының ўәкиллери менен Ислам ағаны яд етип, ол инсанның жарқын естелигин мәңгилестириў ушын бүгинги илажда жыйналып турмыз.
Бәримиз жақсы билемиз, жыл даўамында пүткил халқымыз, сондай-ақ, көплеген шет мәмлекетлердиң, абыройлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен сырт елли пуқаралар Биринши Президентимиздиң өшпес естелигине терең ҳүрмет-иззет көрсетти.
Хабарыңыз бар, күни кеше, Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында, гөззал пайтахтымыз – Ташкент қаласында, Ислам Кәримов узақ жыллар жумыс ислеген Ақсарай резиденциясының алдында оның ҳәйкели ашылды.
Бүгин болса, Биринши Президентимиз туўылып өскен, камалға келген ҳәм жерленген Самарқанд қаласында Ислам ағаның тулғасы сәўлеленген ҳәйкелди ашып атырғанымыз ел-халқымыздың усы уллы инсанға болған жоқары ҳүрметиниң және бир әмелий көриниси болып табылады.
Ислам Әбдиғаниевичтиң уллы тулғасы айқын сәўлеленген бул естеликте ол инсан өзиниң данышпанлық нәзери ҳәм меҳирге толы көзлери менен бәримизге қарап тур.
Ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич өзи ушын оғада қәдирли болған усы үлке халқын, әзиз ўатанласларын Ғәрезсизлик ҳәм Ҳайыт байрамы менен қутлықлап, мисли бәршемизге шын жүректен тилеклеслик билдирип турғандай.
Ислам Әбдиғаниевичтиң ҳәйкели бой тиклеген мине, усы теберик орын халқымыз ушын, елимизге келетуғын мың-мыңлаған әзиз мийманлар ушын муқаддес зыярат етиў орнына айланатуғынына исенемен.
«Саўап исти ҳәр ким ислеўи керек, саўап исти ҳәр күн ислеў керек» деген шақырыққа бир өмир әмел етип жасаған бул уллы инсанның естелиги, соның менен бирге, Ҳәзирети Қызыр комплексинде қурылып атырған теберик зыярат етиў орны бәримизди ийгиликли саўап ислерге шақырып турады.
Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!
Ислам Әбдиғаниевичтиң тарийх ҳәм келешек алдындағы уллы хызметлерин тәрийплеп отырыўдың қәжети жоқ, деп ойлайман.
Неге дегенде, бүгинги Самарқандтың, бүгинги Өзбекистанның гөззал ҳәм абадан келбети, халқымыз ерисип атырған барлық табыслар усы инсанның әне, усындай тарийхый хызметлерин мисли бир айнадай айқын сәўлелендирип тур.
Биринши Президентимиз өткен әсирдиң 90-жылларында кескин машқалалар, миллетлераралық келиспеўшиликлер ийримине түсип қалған елимизди өзиниң жоқары басқарыўшылық потенциалы, жигерлилиги ҳәм мәртлиги менен аўыр мүсийбетлерден сақлап қалды, Ўатанымызды үлкен раўажланыў жолына алып шықты. Бул жолда өзиниң күш-ғайратын, ақылын, билими менен тәжирийбесин аямады.
Бул, шын мәнисинде қаҳарманлық пенен пидайылықтың үлгиси болып, тарийхымызда мәңги мөрленип қалалатуғынына гүман жоқ.
Биз бәршемиз, пүткил халқымыз ҳақылы түрде Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам аға менен мақтанамыз, ол инсан баслаған жумысларды пүткиллей жаңа дәрежеде және талаплар тийкарында даўам еттириўди өзимиз ушын жоқары ўазыйпа ҳәм жуўапкершилик деп билемиз.
Ҳүрметли дослар!
Биринши Президентимиз пүткил Өзбекистанымыз сыяқлы, оның бийбаҳа гәўҳары болған Самарқанд топырағын да перзентлик меҳири менен шын жүректен сүйетуғын еди.
Самарқандты дүньядағы ең гөззал қалалардан бирине, шынында да жер жүзиниң айнасына айландырыў Ислам ағаның үлкен әрманы еди.
Ол инсан усы жолда қысқа мүддетте үлкен жумысларды әмелге асырғанын сиз, ҳүрметли Самарқанд халқы жақсы билесиз, әлбетте.
Ислам аға дүнья көлеминде «Римниң теңлеси» деп тән алынған Самарқандтай уллы қаланың абырой-мәртебесине, өзине дуз-несийбе берген усы топырақтың халқына, оның исенимине мудамы мүнәсип болып жасады.
Биз ел-халыққа садықлықтың, шын мәнисиндеги ўатанды сүйиўшиликтиң жоқары үлгисин ҳүрметли Жолбасшымыздың өз ана қаласына шексиз муҳаббатында, оның әмелий үлгиси болған үлкен-үлкен жумысларында көремиз.
Әзиз Ўатанымыз – Өзбекистанымызды, ғәрезсизлигимизди, тыныш ҳәм абадан турмысымызды сүйиўди және қәдирлеўди, өз елимизге меҳир-муҳаббатты биз уллы Елбасшымыздан үйренгенбиз.
Биринши Президентимиз ғәрезсизлик жылларында Самарқанд қаласын түп-тийкарынан абаданластырыў, оның тарийхый ҳәм заманагөй келбетин үйлестириўге қаратылған үлкен жумысларға тиккелей басшылық етти.
Имам Бухарий, Имам Мотуридий естелик комплекслерин қурыў, Шаҳы Зинда зыярат етиў орны, Регистан майданы, Әмир Темур мавзолейи, Ҳәзирети Қызыр мешитин оңлаў, абаданластырыў, жаңа турақ жайлар, майданлар менен қыябанлар, социаллық ҳәм мәдений объектлер қурыў жумысларында Ислам ағаның шексиз үлеси бар екенин, Самарқанд халқының ҳеш қашан умытпайтуғынан исенемен.
Ислам Әбдиғаниевичтиң басламасы менен 2007-жылы Самарқанд қаласының 2750 жыллық қутлы сәнеси ЮНЕСКО ның қатнасында кеңнен белгиленгени тарийхымызда ашылған жарқын бет болып қалады.
Күни кеше мине, усы саўлатлы Регистан майданында «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы өз жумысын үлкен табыс пенен жуўмақлады.
Дүньяның ҳәр қыйлы континетлери менен регионларындағы 60 қа шамалас елден келип, усы әнжуманда қатнасқан белгили сиясий ҳәм мәдений ғайраткерлер, атақлы көркем өнер шеберлери буннан жигирма жыл бурын усы фестивальға тийкар салған Биринши Президентимиздиң естелигине терең ҳүрмет көрсетип, оның хызметлерин миннетдаршылық пенен атап өткени бәримизге абырой ҳәм мақтаныш бағышлайды.
Қәдирли ўатанласлар!
Саррас бир жыл бурын басымызға аўыр қайғы менен мүсийбет түскен тәшўишли күнлерде дүнья халқы биз менен дәртлес болып, Биринши Президентимиздиң естелигине терең ҳүрмет көрсеткени оғада мүшкил демлерде бизге үлкен мәдет болды.
Несип етсе, келеси жылдың январь айында Ислам Әбдиғаниевичтиң туўылғанына 80 жыл толыўын кең түрде белгилеймиз.
Әне, усы қутлы сәне мүнәсибети менен Самарқанд қаласында, Биринши Президентимиз жерленген орында оның абырой-даңқына мүнәсип түрде қурылып атырған уллы ҳәм саўлатлы мавзолей комплекси де ашылады. Сондай-ақ, Қаршы қаласында да саўлатлы ҳәйкел қурылады.
Ҳүрметли Ислам Әбдиғиневич «Бул өмир, бул турмыс Әмиўдәрьяның суўындай тез ҳәм пәт пенен өтип кетеди, лекин инсанның жақсы ислери, ийгиликли естелиги мәңги жасайды» деген терең мәнили сөзлерди қайта-қайта айтатуғын еди.
Бүгин Ислам ағаның басып өткен ибратлы өмир жолын, әмелге асырған саўаплы ислерин еслей отырып, бул пикирлер бәринен бурын, оның өзине байланыслы екенин атап өтпекшимен.
Миллий ғәрезсизлигимиздиң тийкарын салыўшы ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевичтиң өшпес естелигине қойылған ең уллы ҳәйкел – бул ғәрезсиз ҳәм суверен, еркин ҳәм азат Өзбекистан мәмлекети, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Бүгин, мине, усы мүбәрек Ҳайыт әййямында бәримиз Алла тааладан әзиз Ислам ағамыздың, меҳрибан устазымыздың ақыретлерин абат етиўди сораймыз.
Мен исенемен – биз ғәрезсизлигимизди беккемлеў, елимизди буннан былай да абаданластырыў ушын қаншелли пидайылық пенен садықлық көрсетип мийнет етсек, ол инсанның руўхлары соншелли шад болады.
Бүгин гөззал Самарқанд қаласында Биринши Президентимиздиң уллы ҳәйкелин ашып атырып, бир пикирди атап өтпекшимен: – бәримиз, ийелеп турған ўазыйпамызға, кәсибимизге қарамастан, өзимиз ислеп атырған салада Ўатанымызға, халқымызға, Биринши Президентимизге мудамы мүнәсип болыўымыз керек.
Бул бағдарда сиз, әзиз Самарқанд халқы бәрқулла үлги боласыз, деп исенемен.
Мине, усы ийгиликли мақсет жолында бәршеңизге саў-саламатлық, күш ҳәм ғайрат, шаңарағыңызға бахыт тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.