Оман Султанлығының Ташкенттеги елшиханасында Өзбекстанға сапар етип келген Оман Саўда санаат палатасының Қубла Аш-Шарқия қорғаўындағы басқармасының баслығы Анвар Ҳамид Ал-Сананий басшылығындағы 30 ға шамалас исбилерменлер делегациясы менен жергиликли бизнес ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда еки мәмлекет арасында экспорт-импорт потенциалын арттырыў, жаңа имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери көрип шығылды.

– Үлкеңизге сапарымыздан оғада қуўанышлымыз, – деди Анвар Ҳамид Ал-Сананий. – Оман Султанлығы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы қатнасықлар оғада ески ҳәм биз бул қатнасықларды экономикалық жақтан және де раўажландырыў тилегиндемиз. Мәмлекетиңиздиң азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша көп жыллық тәжирийбеси ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўында алып барылып атырған жумыслар мақтаўға ылайықлы.

Өзбекстан-Оман бизнес форумы ҳәм В2В форматтағы еки тәреплеме ушырасыўларда Оман султанлығының мәмлекетимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вафо бинт Жабр Носир Ал-Бусаидий ханым өз пикирин былайынша билдирди:

– Усы форум даўамында имканиятлар ҳәм машқалалар, потенциал жойбарлар ҳаққында сәўбетлестик. Исбилермен топар ўәкиллери анық жойбар усыныслары тийкарында бизнесте бирге ислесиў перспективаларын толық додалаў имканиятына ийе болды.

Қуўанышлы тәрепи, әнжуман шеңберинде Өзбекстан Экспортшылары ассоциациясы ҳәм Оманның “Thunder Logistics” компаниясы арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.

Оманлы ҳәм өзбекстанлы исбилерменлер жаңа экономикалық имканиятлар есигин ашатуғын усы жыйынларда шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў, саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириўден мәпдар екенин билдирди.

Муҳаррама Пирматова, Аслиддин Алижонов (сүўрет),

 Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА