Усы жылдың январь-ноябрь айларында тармақ кәрханалары 37,5 триллион сумлық өним ислеп шығарып, прогнозды 104 процентке, өткен жылғыдан өсиўди 111,5 процентке тәмийинледи.
Усы дәўирде 16,1 миллион тонна цемент, 40,7 миллион квадрат метр қурылыс айнасы, 48 миллион квадрат метр керамикалық плитка, 86 миллион квадрат метр гипсокартон ҳәм басқа түрдеги өнимлер ислеп шығарылды.
Экспорт көрсеткишлери де жоқары болып, 753,6 миллион долларлық өним экспорт етилди ҳәм реже 103 процентке орынланды. Сондай-ақ, 2,03 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилди, соның 1,32 миллиард доллары тиккелей сырт ел инвестицияларынан ибарат.
Жыл ақырында 40 триллион сумлық өним ислеп шығарылып, өсиў 112 процентти қурап келмекте. Экспорт көлеми 800 миллион долларға, локализациялаў шеңберинде ислеп шығарыў болса 2, 15 триллион сумға жетиўи прогноз етилген.
Тараўдың раўажланыўы “RWS Оптимум”, “Каракалпак Цемент”, “Metal Invent” ҳәм басқа жетекши кәрханаларда өндирис қуўатлылықларынан нәтийжели пайдаланыў есабынан тәмийинленбекте. Сондай-ақ, импорттың орнын басыўшы өнимлер, соның ишинде, жоқары маркалы цемент ҳәм керамогранит ислеп шығарыў жолға қойылмақта. 2024-2025-жыллары аймақларда улыўма қуны 4,5 миллиард доллар болған 529 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 25,5 мың жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соннан 2024-жылы 1,05 миллиард долларлық 309 жойбар иске қосылатуғынын айтып өтиўимиз керек, -деди «Өзсанаатқурылысматериаллары» басқармасы мәлимеме хызмети басшысы Жамшид Шерметов.
ӨзА