Лос-Анджелес-2028 жазғы Олимпиада ойынлары циклине мүнәсип таярлық көриў, аймақлардағы спорт объектлеринде алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети ҳәм спорт тараўы басшылары республикамызға келди.
Олар ең дәслеп елимиз спортына көплеген күшли жас спортшыларды тәрбиялап жетистирип атырған Нөкис Олимпия ҳәм Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында болып, орайдың жумысы ҳәм оның материаллық-техникалық базасы менен жақыннан танысты. Сапар даўамында рәсмий ўәкиллер оқыў орнында оқып атырған оқыўшылар менен ушырасып, олардың сабақ өтиў барысы ҳәм келешектеги мақсетлери ҳаққында сәўбетлести.
Соны айтып өтиўимиз керек, Қарақалпақстанда дзюдо, спорт гүреслери, қылышласыў, аўыр атлетика сыяқлы спорт түрлери жақсы раўажланып, аймақ тренерлери Өзбекстан сайланды командасына күшли атлетлерди жетистирип бермекте.
Сонлықтан, хызмет сапары даўамында тараў басшылары Хожели районы спорт мектеби, Нөкис жоқары спорт ҳәм жеке гүрес түрлерине қәнигелескен спорт мектеплериниң де турмысы менен жақыннан танысты.
Үйрениўлер соңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фархад Эрманов ҳәм спорт тараўы жуўапкерлериниң қатнасыўында мәжилис өткерилди.
Мәжилисте сөзге шыққанлар тәрепинен аймақлық федерациялардың жумысларын күшейтиў, командалық спорт түрлерине итибар қаратыў, жаңа Олимпиада циклинде сайланды командалар қурамына талабан спортшыларды социаллық қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелер бойынша мәсләҳәтлер берилип, бул бойынша жергиликли қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги