Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының мағлыўматына бола, 2024-жыл ноябрь айында екилемши авто базарда жергиликли ғалабалық автомобильлер, сырт ел люкс моделлери ҳәм электромобильлер баҳаларының арзанлаўы жүз берди.
«Onix», «Lacetti» ҳәм «Spark» сыяқлы жергиликли автомобильлердиң баҳасы 0,8 проценттен 5,4 процентке шекем арзанлаған.
Электромобильлерден BYD “Han” ҳәм «Yuan Up» маркалары сәйкес түрде 1,6 процент ҳәм 2,4 процентке азайған. Сырт ел люкс моделлери, соның ишинде, Hyundai “Elantra” ҳәм Kia “Sportage” орташа 1,5 проценттен 3,4 процентке шекем арзанлаған.
Соның менен бирге, айырым жергиликли люкс автомобильлер ҳәм жаңа моделлерде сезилерли өзгерис бақланбаған.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА