Қумар ойынларына бойсыныўдың алдын алыў ушын онда сарыплаў мүмкин болған ақша лимити қойылады.
Бул бағдарда Ҳүкиметтиң «Лотереялар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўди тәртипке салыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы президент пәрманының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Ҳүжжетке бола, Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен ставкалар ҳәм ойынлардың бирден-бир мәмлекетлик регистри алып барылады. Онда ойыншылар, шеклеўлер, сондай-ақ, ойынларда сарыплаў мүмкин болған қаржылар бойынша лимитлер ҳәм қаржы транзакциялары алып барылады.
Төмендегилер регистр шөлкемлестириў ҳәм басқарыўдың тийкарғы мақсети етип белгиленди:
– Интернет тармағындағы ойынлар, лотереялар шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысы тараўында қаржы айланыслары үстинен қадағалаў ҳәм консолидацияласқан есапты тәмийинлеў;
– Интернет тармағындағы ойынлар, лоторея ҳәм букмекерликти шөлкемлестириўши менен мәплер соқлығысыўы жағдайларында ойыншының мәплерин қорғаў;
– Ойынға бойсыныўға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў.
Интернет тармағындағы ойынлар, лотарея шөлкемлестириў ҳәм букмекерлик жумысын әмелге асырыў ушын 5 жыл мүддетке үлги лицензия бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги