«Jibek Joly» туристлик поезды Өзбекстан ҳәм Қазақстанды байланыстырады

279

Қазақстанда 2025-жыл 2-7-январь күнлери «Алмаата-Түркстан-Ташкент-Самарқанд-Алмаата» жөнелисин байланыстыратуғын «Jibek Joly» (Жипек жолы) туристлик поезды жолға қойылмақта.

Қазақстан Туризм санааты комитети баспасөз хызметиниң хабарына бола, бес күнлик сапар туристлерге әййемги қалалар атмосферасы менен жақыннан танысыў имканиятын береди.

Жолаўшылардың максимал қолайлығы ушын заманагөй вагонлар, мазалы аўқатлар, профессионал гид хызметлери ҳәм ҳәр қыйлы экскурция бағдарламасы усынылады.

Жөнелис Түркстандағы Хожа Ахмет Яссаўий мақбарасы, Арыстан баба мақбарасы, Азрет Султан тарийхый-мәдений қорықхана-музейи, Ташкент қаласындағы Ҳәзирети Имам комплекси ҳәм Самарқан қаласындағы Регистон майданын зыяратлаўдан ибарат.

ӨзА