Президент Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни тоқымашылық ҳәм тери санаатындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Бул тармақлар халықтың бәнтлигинде ҳәм экспортта үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, оларға тийисли кәрханаларда 430 мың пуқара жумыс пенен тәмийинленген. Жеңил санааттың жәми өндиристеги үлеси 14 процентти, экспортта 16 процентти қурайды.

Бирақ бүгинги қурамалы шараятта сыртқы базардағы жағдай тез өзгермекте. Буның тәсиринде экспорт баҳалары ийирилген жипте 9 процентке, гезлемеде 15 процентке, таяр өнимде 13 процентке түскен. Тийкарғы экспорт базарларымызда таяр өним алыў азайған.

Мәжилисте бул жағдайға бейимлесип алыў, ишки имканиятларды толық иске қосыў илажлары додаланды.

Январь-ноябрь айларында тоқымашылық экспорты 2,6 миллиард долларды қурады. Тараўдағы имканиятлар есабынан буны арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Дүнья базарындағы талшықтың баҳасы төменлеп баратырған шараятта талшық ҳәм ийирилген жипти терең қайта ислеўди көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Буның ушын таўар ислеп шығарыў ҳәм бояў кәрханаларын қосымша қоллап-қуўатлаў илажлары белгиленди. Тараў жуўапкерлери алдына ийирилген жипти қайта ислеў дәрежесин 70 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Соның менен бирге, быйыл қой ҳәм ешки териси экспортынан 10 процентлик жыйым бийкар етилгени нәтийжесинде 3 миллион долларлық экспорт шәртнамалары дүзилген. Бул тәжирийбени келеси жылы да даўам еттирип, экспортты арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тери санааты кәрханаларын шийки зат пенен үзликсиз тәмийинлеў илажлары ҳәм келешектеги режелер бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.

Тери санаатында пишиўши, тигиўши, етикши сыяқлы орта бөлим кадрлары жетиспей атырғаны, бул бағдарда жылына тек ғана 167 қәниге таярланып атырғаны көрсетип өтилди. Сол себепли, аяқ кийим ислеп шығарыў раўажланған Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы жетекши кәрханаларды техникумларға байланыстырып, «дуал билимлендириў»ди жолға қойыў керек екенлиги айтылды.

Мәжилисте келеси жылға мөлшерленген режелер ҳаққында да мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, жеңил санаат тармағына 2 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясын кеңнен тартып, 82 ири жойбарды әмелге асырыў ҳәм 25 мың жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған. Тоқымашылық өнимлери экспортын 4 миллиард долларға, тери өнимлери экспортын 250 миллион долларға алып шығыў мақсет етилген.

ӨзА