Президент Шавкат Мирзиеёв турақ жай қурылысында халықтың қаржыларын кепиллеў системасына байланыслы презентация менен танысты.
Мәмлекетимиз халқы 37 миллионнан асты. Усы жылдың өзинде 215 мың шаңарақ пайда болды. Әлбетте, булардың барлығы турақ жайға талапты көбейтеди.
Усы жылы 100 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар тапсырылады. Келеси жылы 120 мың квартиралы көп қабатлы жайлар қурылыўы режелестирилген.
Соның менен бирге, талаптың көплигинен пайдаланып, бул тараўда инсапсыз бизнес ислеп атырғанлар да бар. Төлем системасының тәртипке салынбағаны, санластырыў ҳәм ашық-айдынлық жоқ екенлиги оған жол ашып бермекте. Жаңа жайларды алмақшы болған адамлар пулын банк арқалы емес, тиккелей қурылысшыға берип атырғаны ушын бул қаржылар «сая»да қалмақта. Көп жағдайларда жайларды тапсырыў мүддети кешигип, халық төлеген ақшалар «музлап» тур. Үлеслилик шәртнамалары ҳеш жерде дизимге алынбай, тек қурылысшының пайдасына хызмет етпекте.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы 23-сентябрь күни қурылыс индустриясы бойынша өткен мәжилисте турақ жай сатып алыўда халықтың қаржыларын кепиллейтуғын система жаратыў тапсырмасын берген еди. Презентацияда усы бағдардағы усыныслар көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, сырт еллерде «еscrow» системасы тәжирийбеден өткен. Оған бола, буйыртпашы ҳәм коммерциялық банк арасында дүзилетуғын шәртнамаға тийкарланып, ҳәр бир қурылыс имараты бойынша «еscrow» есап бети ашылады. Көшпес мүлк ушын келисилген қаржылар усы есап бет арқалы әмелге асырылады. Онда жыйналатуғын қаржылар тийкарында коммерциялық банклер буйыртпашыға азайтылған процентте кредит береди. Қурылыс питкеннен соң, қарыйдардың есап бетиндеги ақша девелопер шөлкемге өткериледи. Қурылысшы есап бетинде турған қаржыларға өндириў қаратылмайды.
Президентимиз усынысларды мақуллап, бул бағдарда ҳуқықый тийкар жаратыў, усы системаны қурылысқа байланыслы министрлик ҳәм уйымларда интеграциялаў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА