Президент басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Мәҳәлледеги жәмийетлик хызметкерлер үйме-үй жүрип, быйыл реестрде болмаған және 96 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти.
51 мың адамға майыплылық белгиленди, 26 мың адам протез алды, майыплығы бар 5 мың бала бақша-мектепке жайласты.
Буннан тысқары, мүтәж болмағанларға тийкарсыз напақа төлеўдиң алдын алды, қысқарған қәрежетлер бюджетте қалдырылды.
Үш ай алдын ўәлаят ҳәм райондағы 14 мың басшы 75 мың кәмбағал шаңараққа бириктирилип, олар менен индивидуал бирге ислесиў жолға қойылды.
Нәтийжеде, ус күнге шекем кәмбағал шаңарақлардағы 17 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер арқалы 14 мың халықтың дәраматы арттырылды, 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсипке оқытыў менен қамтып алынды, 45 мың мүтәж халыққа медициналық жәрдем көрсетилди.
ӨзА