Мәмлекетте енгизилген нызамлардың қай дәрежеде нәтийжели екенин халықтың турмысында болып атырған өзгерислерден аңлаў мүмкин.

Усы күнлерде Өзбекстан Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар мектеби USAID жойбары ҳәм БМШ Балалар қоры (UNICEF) менен биргеликте сырт елли эксперт Томас Роулингс (АҚШ)тиң қатнасыўында Судьялар жоқары мектеби профессор-оқытыўшылары ҳәм пуқаралық ислери бойынша судлардың судьялары ушын «Бала ҳуқықларын судларда қорғаў механизми», «Халықаралық стандартлар ҳәм принциплерди әмелде қолланыў», «Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенцияның тийкарғы қағыйдалары, олардың әмелде қолланылыўы» сыяқлы темаларда тренинглер өткерилмекте.

Оқыў сабақлары даўамында балалардың әдил судлаўға ерисиўи ҳәм нызам менен қарама-қарсылықта болған балалар ушын айрықша көзқарасқа қаратылған халықаралық стандартлар, БМШ Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясының төрт тийкарғы принциплери (аман қалыў ҳәм раўажланыў ҳуқықы, кемситпеў, балалардың мәплерин қорғаўды тәмийинлеў процесинде қатнасыўы), Балалар ҳәм жас өспиримлер психологиясы, олардың раўажланыў басқышларын түсиниў, түрли жастағы балалар менен дослық қатнасықта болыў сыяқлы темалар терең талланып, әмелий процесслер менен беккемленбекте.

Мусулмон Зиё, Дониёр Ёқубов (видео), ӨзА