Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Мәрипат таратып” жойбары шеңберинде әдебият ҳәм мәдениятты үгит-нәсиятлаўға қаратылған гезектеги илаж өткерилди.
Филиалда белгили шайыр, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери ҳәм “Эл-юрт ҳурмати” ордени ийеси Гәўҳар Ибадуллаева студент-жаслар менен дөретиўшилик ушырасыў өткерип, ол өзиниң бай дөретиўшилик ҳәм турмыслық тәжирийбелери менен ортақласты.
Ушырасыўда Г.Ибадуллаева өзиниң дөретиўшилик жумыслары, жазыўшылық жолында дус келген қыйыншылықлар ҳәм жетискенликлерин студентлерге айтып, жазған қосықларынан оқып берди.
— Сизлер бир терек болың, жақынларыңыз саяңызда қәтержам болып, дем алсын, образлық мәнисте терек болың, тамыр жайың, кеўилиңизге жақын инсанларға сүйениш болатуғын киши болса да бир терек болыўға ҳәрекет етиң,-дейди шайыр.
Ушырасыў пикир-алысыўларға бай болып, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамынан келген жазыўшылар менен биргеликте «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде филиал әтирапындағы жерлерге саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги