Бүгин Таиландта ересеклер арасында бокс бойынша өткерилип атырған Азия чемпионатының финал беллесиўлери болып өтпекте.

13 салмақ категориясы бойынша өткерилип атырған бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнаспақта. Атап айтқанда, 10 салмақ категориясы бойынша финал беллесиўлерине қатнасып атырған боксшилеримизден -48 кг салмақта Шодиёржон Мелиқўзиев қазақстанлы Санжар Ташкенбайға қарсы рингке шығып, оны

4:1 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм мәмлекетимиз сайланды командасы есабына дәслепки медальды алып берди.

Буннан соң -51 кг салмақта қатнасқан боксшимиз Асилбек Жалилов алтын медаль ушын филиппинли Марвин Табамо менен беллесиўге түсип, оны 5:0 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм Азия чемпионы атағына миясар болды.

-54 кг салмақта беллесиўге түскен Шаҳзод Музаффаров болса, финалда қазақстанлы Маҳмуд Сабырханға қарсы рингке шығып, оған 1:4 есабында жеңилип қалды.

-57 кг салмақтағы боксшимиз Миразизбек Мирзахалилов финалда және бир қазақстанлы Оразбек Ассикуловга қарсы беллесиўге түсип, оны 5:0 есабында жеңип шығып, сайланды командамызға және бир алтын медальды алып келди.

-63,5 кг салмақта жарысқа қатнасып атырған Адҳамжон Муҳиддинов алтын медаль ушын таиландлы Сомчай Волнгсуван менен ушырасты ҳәм бул беллесиў таиландлы боксшиниң қабағы жыртылып кеткенлиги себепли, чемпионлық өзбекстанлы боксшиге тапсырылды. Сондай-ақ, -67 кг да Мужибилло Турсунов, 71 кг да Ҳавасбек Асадуллаев, -75 кг да Жавоҳир Умматалиев, -80 кг да Тўрабек Ҳабибуллаевлар өз қарсыласларын жеңилип, Азия чемпионы болыўға еристи.

Тилекке қарсы -86 кг салмақта финалға шекем жетип келген Жасурбек Йўлдошев қазақстанлы Бекзад Нурдәўлетовқа 1:4 есабында  жеңилип, чемпионаттың гүмис медалы менен шеклениўге мәжбүр болды.

Солай етип, сайланды командамыз боксшилери финал беллесиўлеринде 8 алтын, 2 гүмис ҳәм 1 қола медаль менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.

4 алтын медальға ийе Қазақстан екинши, 1 алтын медальды ийелеген тәжикстанлы боксшилер үшинши орынды ийелеўге еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы