Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелери бойынша комиссиялардың жумысын шөлкемлестириў тәртиплерин белгилеў ҳаққында» қарар қабыллады.

Оған муўапық:

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық бирликлери мәмлекетлик реестрин жүргизиў тәртиби ҳаққындағы реже;

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша республикалық комиссия қурамы;

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша аймақлық комиссиясының үлгили қурамы;

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша республикалық комиссия ҳаққындағы реже;

Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелери бойынша аймақлық комиссиялар ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлиги Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық бирликлери мәмлекетлик реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў ушын жуўапкер уйым, Реестрди ислеп шығыў ҳәм мәлимлеме системасын қоллап-қуўатлаўда буйыртпашы болып есапланады.

Қарарға муўапық:

республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде ҳәм уйымлараралық электрон өз-ара бирге ислесиўде Реестрден пайдаланыўы шәрт;

республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары Реестрге киргизилетуғын мәлимлемениң өз ўақтында берилиўи ҳәм исенимлилиги ушын жуўапкер болып есапланады.

2025-жыл 1-февральға шекем Реестрдиң мәлимлеме системасы толық иске қосылады.

ӨзА