Ар-Риёд қаласында болып өтип атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шөллениўге қарсы гүресиў ҳаққындағы конвенциясы тәреплер конференциясы (COP-16)ның 16-сессиясы шеңберинде бир қатар әҳмийетли ушырасыўлар өткерилди.
Олардан бири Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң орынбасары Алишер Шукуров, ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасының ўәкиллери ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң операциялар бойынша вице-президенти Аннас Аиссами арасындағы ушырасыў болды.
Додалаўлар әҳмийетли глобал машқалаларға шешим излеўде бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм шерикликтиң жаңа перспективаларына қаратылды. Атап айтқанда, аўыл хожалығын механизациялаў, климат өзгериўине қарсы илажларды күшейтиў ҳәм турақлы аўыл хожалығы ушын алдынғы шешимлерди жаратыў бойынша изертлеўлерди алға қойыў мәселелери итибар орайында болды.
Әнжуман 13-декабрьге шекем даўам етеди. Додалаўларда 2030-жылға шекем деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў, қурғақлық ҳәм қум-шаң боранларына шыдамлылықты арттырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы мәселелерге итибар қаратылмақта.
Сондай-ақ, климат өзгериўине қарсы гүрес ҳәм биокөптүрлиликти сақлаўда жердиң ролин күшейтиў, жаңа экономикалық имканиятларды ашыў, соның ишинде, жерден пайдаланыў бағдарында жаслар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў мәселелери де көрип шығылмақта.
Б.Худойбердиев, ӨзА