Қытайдың Хидиан университети тәрепинен 2025-жылдан баслап Санлы билимлендириўди раўажландырыў орайы менен биргеликте өзбек жаслары ушын санластырыў тараўына қаратылған билимлендириў бағдарламасы жолға қойылады.
Бул ҳаққында Санлы технологиялар министриниң орынбасары Р.Каримжоновтың Қытайға хызмет сапары шеңберинде Хидиан университети басшылығы менен болып өткен ушырасыўда сөз етиледи.
Атап өтилиўинше, ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ҚХР арасындағы бирге ислесиў байланысларын санластырыў, билимлендириў ҳәм жаңа инновациялар арқалы және де беккемлеў бағдарында да өз-ара байланысларды және де кеңейтиў имканиятлары көрип шығылған.
Қалаберди, университеттиң Өзбекстанда өз филиалын шөлкемлестириў мәселеси де тийисли дәрежеде додаланып, имканиятлар үйренилип атырғаны мәлим етилди ҳәм универститет тәрепинен Өзбекстанда IT билимлендириў орайының шөлкемлестирилиўи бойынша келисимге ерисилди.
Министр орынбасары тәрепинен санлы билимлендириўди раўажландырыў ҳәм ҚХРдың алдынғы тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў ушын маман қәнигени өзбек университетине тартыў усыныс етилди.
Ушырасыў жуўмағында, университет Ташкент қаласындағы INHA университети арасында өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын, Хидиан университети 1931-жылы шөлкемлестирилген болып, Қытайдағы жетекши университетлерден бири болып есапланады. Университет элетроника, телекоммуникация ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында күшли илимий базасы менен белгили, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Қарақалпақстан хабар агентлиги