Президент Шавкат Мирзиёевтиң парламент палаталарында шығып сөйлеген сөзлери, сондай-ақ, 2025-жылдың – «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика» жылы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшы кадрлары ҳәм сектор басшыларының алдында турған ўазыйпалар бойынша оқыў-әмелий семинар басланды.
Онда министрлик ҳәм уйымлардың жуўапкерлери Ферғана, Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларының сектор басшылары қатнаспақта.
Бул оқыў-әмелий семинар Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында белгиленген бағдарламаға муўапық бес ўәлаяттың район, қалаларындағы сектор басшылары (ҳәким, прокурор, ишки ислер бөлими ҳәм салық инспекциясы баслықлары)ның халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў системасының нәтийжели ислеўин тәмийинлеў бойынша билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Оқыў-әмелий семинарды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов кирис сөзи менен ашып берди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларға муўапық, «мәҳәлле жетилиги» жумысын жаңа механизм тийкарында жолға қойыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.
Орынларда «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды және де жеделлестириў, мәҳәлле кесиминде ислесиўге жуўапкер басшылардың жумысын нәтийжели ҳәм өз-ара биргеликте шөлкемлестириў ҳәм оларда зәрүр билим, көнликпелерди қәлиплестириўде бүгинги семинардың әҳмийетине тоқтап өтти.
Семинарда аймақларды экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасын әмелге асырыў, инвестиция, экспорт ҳәм локализациялаўдағы баслы мәселелер бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Миграция процесслерин тәртипке салыў, жаңа тәртипке бола жер ажыратыў, мәҳәллелердеги бос объектлерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм жол бойы аймақларында инфраструктураны жақсылаў, халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳаққындағы жаңалықлар ҳаққында түсиник берилди.
Буннан тысқары, илаж даўамында Қала қурылысы, қоршаған орталықты қорғаў, реформалардың аймақлардағы нәтийжелилигин ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысында нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли темаларда министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, тараў қәнигелери тәрепинен пикирлесиў түринде баянатлар шөлкемлестириледи.
Ортаға тасланған бул мәселелер бойынша шешимлер ислеп шығыў бүгинги семинардың тийкарғы ҳәм әҳмийетли тәреплеринен бири болып есапланады.
Н.Абдураимова, ӨзА