Соңғы жыллары елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Соның ишинде быйылғы жылдың өзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл   25-декабрьдеги қарары тийкарында, 2024-жылға мөлшерленген «Социаллық өндирис инфраструктурасын раўажландырыў» бағдарламасы шеңберинде Төрткүл районында бир қатар социаллық объектлердиң қурылысы әмелге асырылды.

Усындай объектлердиң бири – районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 63-санлы улыўма орта билим бериў мектебине улыўма баҳасы 2 миллиард 200 миллион сум болған 240 орынлық қосымша оқыў имараты қурып берилип, Өзбекстан Республикасы гимни қабыл етилген күниниң 32 жыллық байрамы күни пайдаланыўға тапсырылды.

Оқыў имаратының тапсырылыўы мәресимине район ҳәкими Р.Шамуратов қатнасып, аймақ турғынлары ҳәм мектеп жәмәәтин жаңа оқыў имаратының тапсырылыўы менен қутлықлап, олардың алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Илажда аймақ жасы үлкенлери ҳәм район ҳәкими тәрепинен жаңа оқыў имараты алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў имаратында оқыўшылар ҳәм педагоглар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.


Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бүгинги күни   бул мектепте 550 оқыўшы оқып, билим алмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы