Германия канцлери Олаф Шольц ҳәм Франция президенти Эммануэль Макрон телефон арқалы сөйлесиў даўамында Сирияның жаңа ҳүкиметлери менен бирге ислесиўге таяр екенин мәлим етти. Бул ҳаққында Германия ҳүкимети баспасөз хаткери Штеффен Хебештрайт мәлим етти.
Оған бола, Шольц ҳәм Макрон Сирияның аймақлық пүтинлигин ҳәм суверенитетин сақлаў әҳмийетли екенин атап өткен.
– Еки лидер де Европа Аўқамының Сириядағы қатнасыўын күшейтиў, соның ишинде, Сирияда инклюзивлик сиясат процесин қоллап-қуўатлаў ушын биргеликте ислесиўге келисип алды деп қосымша етти Хебештрайт.
Еслетип өтемиз, күни кеше Сириядағы қураллы оппозиция ўәкиллери Дамасқта мәмлекет телевидениесин қолға киргизип, мәмлекет үстинен қадағалаў орнатқанлықларын эфирде жәриялады.
Россия Сыртқы ислер министрлиги Сирия президенти Башар ал-Ассад қарама-қарсылықтың бир қатар қатнасыўшылары менен сөйлесиўлерден соң өз лаўазымын тапсырып, мәмлекеттен шығып кеткен еди, Россия болса бул сөйлесиўлерде улыўма қатнаспағаны ҳаққында хабар берди.
ӨзА