Қубла Корея парламенти мәмлекет президенти Юн Сок Ёль ҳәм әскерий жағдай енгизиўде қатнасқан басқа жуўапкерлерди мүддетинен алдын қамаққа алыўды талап ететуғын резолюцияны қабыл етти, деп хабар бермекте «Риа Новости».
Миллий ассамблея 10-декабрь күни болып өткен жалпы мәжилисте әскерий жағдай енгизилиўи менен байланыслы ҳәдийсеге байланыслы болған тийкарғы сегиз адамды, соның ишинде, мәмлекет басшысы Юнди тезирек қамаққа алыўды талап ететуғын резолюцияны 191-саны менен қоллап-қуўатлайды. Сораўға 288 депутаттың 94 и қарсы шықты, үшеўи болса бийтәреп қалды.
Парламенттеги Бирлескен демократиялық партия фракциясы басшысының биринши орынбасары Пак Сон Жун президенттиң әскерий жағдайды енгизиўден тийкарғы мақсети – конституциялық структураны зорлық пенен өзгертиўден ибарат екенин айтты.
– Усы мүнәсибет пенен Юн да «ҳәкимиятты зорлық пенен ийелеп алыў жынаяты»ндағы басқа сиясий шахслар имканы болғанынша тезирек қамаққа алыныўы керек, деп атап өтти оппозиция партиясы ўәкили.
Мусулмон Зиё, ӨзА