Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, 2024-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Хорватия сыртқы ҳәм Европа ислери министри Гордан Грлич Радман менен ушырасты.
Ушырасыў күн тәртиби оғада кең болып, бирге ислесиўдиң барлық бағдарларын қамтып алды. Еки тәреплеме байланысларды беккемлеў ҳәм буннан соң динамикалық алмасыўды тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Алға жаңа мақсетлер қойылды, келеси жылдың режелери додаланды ҳәм мәмлекетимиз исбилермен топарлары арасында тығыз бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўға келисип алынды.
Хорватия сыртқы ҳәм Европа ислери министриниң мәмлекетимизге биринши сапары Өзбекстан-Хорватия еки тәреплеме қатнасықларында жаңа бет ашты. Сыртқы ислер министрликлери арасында Бирге ислесиў ҳәм мәслаҳәтлесиў ҳаққында Протоколға қол қойылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги