Қазақстанның Алмаата қаласында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлиги ҳәм Мәмлекетлик гимни тастыйықланғанлығының 32 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти. Бул жыйын елимиздиң Қазақстандағы бас консуллығы ҳәм Өзбекстан жаслары улыўма жер жүзилик ассоциациясы (ӨЖУА) тәрепинен шөлкемлестирилди.
Илажда дипломатлар, жаслар жетекшилери, Қазақстанда оқып атырған өзбек студентлер, сондай-ақ, мийнет мигрантлары ҳам басқа да ўатанласлар қатнасты.
Бағдарлама шеңберинде Конституция ҳәм гимнниң Өзбекстан пуқараларының турмысындағы орны ҳәм әҳмийети бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Соның менен бирге, қатнасыўшылар ана ўатан ҳәм оның дәстүрлерине ҳүрмет көрсетиў белгиси сыпатында мәмлекетлик гимнди билиўи ҳәм оны атқарыўы зәрүр екенлигин атап өтти.
Байрам мийманларға көтериңки кейпият бағышлаған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
А.Алимова,
ӨзА