Мәмлекетимиз басшысына азық-аўқат санаатында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм 2025-жылғы режелер бойынша мәлимлеме берилди.

Халықтың саны үзликсиз өсип атырған ҳәзирги күнде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў әҳмийетли болып бармақта. Оның үстине, глобал климат өзгериўлери, жер ҳәм суў тамтарыслығы аўыл хожалығында қыйыншылықларды пайда етпекте. Усындай шараятқа қарамастан, быйыл елимизде 9 миллион тонна дән, 3 миллион тоннадан артық пахта, 16 миллион тоннадан аслам овощ ҳәм палыз, 5 миллион тонна мийўе ҳәм жүзим, 4 миллион тонна картошка, 15 миллион тоннадан көп гөш ҳәм сүт жетистирилди. Азық-аўқат санааты бойынша 343 жойбар иске қосылды.

Соның менен бирге, локализациялаў бойынша еле имканиятлар көп. Әсиресе, нан, сүт, гөш, өсимлик майы, кондитер ҳәм салқын ишимликлер ислеп шығарыўды арттырыў керек.

Мәжилисте бул бағдардағы илажлар додаланды.

Соңғы жыллары кондитер өнимлериниң экспорты 4  есеге артып, 13 миллион долларға жеткен. Шийки зат, қадақлаў ҳәм этикеткалаў өнимлери тиккелей алып келинип, өзине түсер баҳасы 20 процентке азайғаны себепли бәсекиге шыдамлылық әдеўир артқан. Бул жеңилликлердиң мүддети 2025-жыл 1-январьда тамамланады. Өндиристи қоллап-қуўатлаў мақсетинде бул мүддетти және 2 жылға создырыў усынысы көрип шығылмақта.

Ақ май санаатында 408 кәрхана ашылған. Бирақ елимизде шийки заттың азлығы ушын олар бәрқулла толық қуўатлықта ислемей атыр. Ақ май экспортына руқсат берилсе, өндирис 120 мың тоннаға артып, 240 мың тонна азықлық жем таярланатуғыны есап-санақ етилген.

Бас министрдиң орынбасарына базар талапларынан келип шығып, бул бағдарда усыныс киргизиў тапсырылды.

Мәмлекетимизде «ҳадал» сертификатына ийе миллий бренд кәрханалары көбейип, регион ҳәм араб мәмлекетлерине гөш өнимлери экспорт етилмекте. Бирақ бизде колбаса өнимлерин сақлаўдың стандарт мүддети 3 ай етип белгиленген. Сырт елдеги тутыныўшыға жетип барғанға шекем 2 ай кетпекте. Гөш өнимин сақлаў мүддети Европа стандарты сыяқлы 4-12 айға арттырылса, өндирис ҳәм экспорт көлемин 2 есеге көбейтиў имканияты ашылады. Соның ушын бул бағдардағы стандартларды халықаралық стандартларға бейимлестириў ўазыйпасы қойылды.

Сүт өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында оларды таллайтуғын лабораториялар шөлкемлестириў зәрүр екенлиги айтылды. Соннан келип шығып, бул өнимлердиң тәбийғый ямаса қурғақ сүттен таярланғаны ҳаққында белги қойылады.

Елимизде салқын ҳәм алкогольсиз ишимликлер, мийўе-овощтан тәбийғый шербет ислеп шығарыў да жолға қойылған. Соңғы 5 жылда олардың экспорты 9 есеге артып, 35 миллион долларға жетти. Бирақ өзимизде жоқ тропикалық мийўелер концентратына бажы қойылғаны ушын басқа мәмлекетлердиң өнимлери менен бәсекиде жеңилмекте. Соның ушын тропикалық мийўелер концентратларын бажыхана бажысынан азат етиў усынысы билдирилди.

Мәжилисте жуўапкерлер «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында тараўдағы исбилерменлер менен алып барылып атырған өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳаққында мәлимлеме берди. Президентимиз келеси жылы бул жумыслардың сапасын және де арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА