Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жылы Қарақалпақстанға болған хызмет сапарында мәҳәлле жетилиги менен ушырасып, қарақалпақ халқының миллий қәдириятлары тийкарында қәлиплескен көше бийлерин тилге алып, олардың мәҳәлле жетилигине ийинлес болыўдай хызметлерин атап өткен еди.
Усы өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикада дизимге алынған 8000 нан аслам көше бийлери менен ушырасты ҳәм олар Республикалық Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси тәрепинен мүнәсип түрде материаллық-руўхый жақтан қоллап қуўатланып келинди.
Нәтийжеде мәҳәлелерде Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўын үгит-нәсиятлаўда көше бийлери мәҳәлле жетилигиниң шын мәнисиндеги жәрдемшисине айланды. Мәҳәллелерде жәмийетлик қадағалаў күшейип, өз алдына Бийлер институты жүзеге келди. Әҳмийетлиси, Министрлер Кабинети тәрепинен олардың жумысын тәртипке салыўшы арнаўлы ҳүжжет қабыл етилди.
Аймақларда ең белсенди көше ҳәм аўыл бийлерин хошаметлеў мақсетинде, усы жылдың апрель айында Республикамыздағы 452 мәҳәллердеги көше бийлери арасында мәҳәлле, район (қала) ҳәм Республика басқышынан ибарат “Ең үлгили көше бийи” республикалық таңлаўы жәрияланған еди.
Конституция байрамы күни усы таңлаўдың Қарақалпақстан басқышы жеңимпазлары менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ушырасып, оларды сыйлықлады.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы Нәўпир мәкан пуқаралар жыйынындағы «Ақмаңғыт» көшесиниң бийи Қ.Сейдаметов, Елликқала районы Ибн Сино мәкан пуқаралар жыйынындағы «Ғафур Ғулам» көшесиниң бийи Т.Қурбанов, Шымбай районы Қаракөл мәкан пуқаралар жыйынындағы Қ.Айымбетов көшесиниң көше бийи А.Сарбаев, Беруний районы Гүлистан мәкан пуқаралар жыйынындағы «Ушқын» көшесиниң бийи Х.Ибадуллаев ҳәм Хожели районы Абат мәкан пуқаралар жыйынындағы Автомобиль жолы көшесиниң бийи К.Садуллаевлар
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў кеңеси тәрепинен 20 миллион сумнан қаржылай хошаметленди.
Сондай-ақ, бир қатар үлгили көше бийлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президумының арнаўлы қарары тийкарында көкирек белгилери менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги