Президент Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни Ташкент ўәлаятында қосымша имканиятларды иске қосыў, жумыс орны ҳәм инвестицияны көбейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Ташкент ўәлаятында санаат, аўыл хожалығы, хызметлер, туризм, улыўма, барлық тараўларда жүдә үлкен имканиятлар бар. Соңғы жети жылда аймақ экономикасы 1,5 есеге өскен. Санаат кәрханалары 2 есеге көбейип, 12 мыңға жеткен.
Бирақ имканиятлар буннан да көп, олар толық иске қосылмай атыр. Мысалы, ўәлаяттағы жәми жерлердиң тек ғана 25 процентинен аўыл хожалығында пайдаланылады. Ҳәр гектарға туўра келетуғын дәрамат та басқа орынларға қарағанда аз. Бекабад ҳәм Аҳангаран қалалары, Аққорған, Чиназ, Пискент районларында қайта ислеў дәрежеси жүдә төмен. Азық-аўқат қәўипсизлиги, мийўе-овощлар экспорты да имканиятқа жараса емес.
Сын көзқарас руўхында өткен мәжилисте жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары белгиленди. Оған бола, ҳәр бир кластер, фермер ҳәм дийқан хожалығы майданындағы егинлер, өнимлер көлеми, жумысшылар саны, салық түсими сыяқлы өнимлер «Агроплаторма» мәлимлеме системасына киргизиледи. Келеси жылы мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен 7 районда 52 мың гектарда 3 рет өним алыў жолға қойылады. 5 мың гектарда санаатласқан бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестириледи.
Улыўма, 22 район-қаладағы жерлер қайта ислеўши ҳәм экспортшы кәрханаға байланысады. Бул арқалы келеси жылы 3,5 миллион тонна мийўе-овощ жетистирип, 500 миллион доллар экспорт етиў мүмкин екенлиги айтылды.
Ташкент ўәлаятының инфраструктурасы, логистикасы исбилерменлик ушын жүдә қолайлы. Бирақ өндирис, саўда ҳәм хызметлердиң улыўма майданы үш жылда тек ғана 1,6 миллион квадрат метрге артқан, бул пайтахттан 3,5 есеге аз. Инвестициялық жойбарлар ушын категориясы өзгертилген 9 мың гектар жердиң 2 мың гектарынан пайдаланылмай атыр. Бос турған мәмлекетлик имаратлар да бар.
Инвесторлар бул аймақта «ақыллы қала», медицина кластери, жасыл энергетика станциясын қурыў басламасын билдирген. Ойпатлы ҳәм пайтахтлы мыңлаған исбилерменлер де бизнесин кеңейтиў, жаңа кәрхана, мийманхана, саўда ҳәм туризм комплекслерин қурыў ушын орын излеп жүрипти.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм ўәлаят жуўапкерлерине бул бағдардағы артта қалыўшылықлар көрсетип өтилди. Имарат ҳәм жерлерди исбилерменлерге қолайлы шәртте аукционға шығарыў, олардың негизинде инвестиция, жумыс орны ҳәм экспортты көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.
Ташкент ўәлаяты ҳәкими келеси жылы 5 миллиард доллар инвестиция тартыў ҳәм экспортты 2 миллиард долларға жеткериў бойынша режелерин таныстырды. Мәмлекетимиз басшысы оның қурамына итибар қаратып, күтилип атырған инвестицияның ярымы раўажланып атырған Алмалық, Ангрен, Шыршық қалалары, Аҳангаран, Зангиата ҳәм Қибрай районларына туўра келетуғынын атап өтти. Сол себепли санаат ҳәм хызметлер төмен болған Аққорған, Бекабад, Бўка, Паркент, Пискент, Төменги Шыршық ҳәм Чиназда қосымша жойбарлар ислеп, жумыс орынларын ашыў керек екенлиги атап өтилди.
Ташкент ўәлаятындағы имканиятлар есабынан барлық халықты дәраматлы етиў мүмкин екенлиги айтылды. Келеси жылы ўәлаятта 700 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеп, жумыссызлықты тәбийғый дәрежесине шекем түсириў, 22 мың шаңарақты дәраматлы етип, кәмбағаллықты ҳәзирги 7,2 проценттен 4 процентке азайтыў, мийнет мигрантларын елимизге қайтарып, жумысқа орынластырыў ўазыйпа етип алынды.
Президентимиз мәжилисте қатнасқан ўәлаят исбилерменлери менен де сөйлести. Олардың усыныс ҳәм басламаларына айрықша итибар қаратып, усы бағдарда жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.
ӨзА