Бүгин Елликқала қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күни мүнәсибети менен «Мәмлекетимиз гимни-миллий мақтанышымыз ҳәм ғәрезсизлигимиз белгиси» атамасында илаж болып өтти.

Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлиминиң баслығы А.Матниязова, Елликқала қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң директоры Х.Ражапов, муғаллимлер  ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар тәрепинен мәмлекетлик гимнниң халқымыз турмысындағы тутқан орны, миллий мақтанышымыздың ҳәр бир пуқараның кеўлинде Ўатанға деген сүйиспеншиликти арттырыўдай күшке ийе екенлиги, сондай-ақ, гимнниң қабыл етилиў  тарийхы ҳаққында айтып өтилди.

Илажда устазлар ҳәм оқыўшы-жаслар тәрепинен гимн атқарылып, сондай-ақ, Ўатанға деген меҳир ҳәм сүйиспеншиликти тәрийплеўши қосықлар оқылып,  жыйналғанларда жақсы тәсирлер қалдырды. Усындай илажлар жас әўладтың Ўатанға деген меҳир-муҳаббатын және де беккемлеўге хызмет етери анық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги