Илажда Президент Шавкат Мирзиёевтиң байрам қутлықлаўын Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында қурамалы климат шараяты, суў ҳәм жер реcурcларының тамтарыслығына қарамастан, аграр тараўда ерисилип атырған жетискенликлер Өзбекстан дийқан ҳәм фермерлериниң мийнет сүйгишлиги ҳәм пидайылығынан дәрек екени атап өтилген.
Кең көлемли реформалар заманагөй агротехнологиялардың енгизилиўи ҳәм мәмлекет тәрепинен белсене қоллап-қуўатланыўы себепли үлкен нәтийжелерге ерисилип атырғаны, тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнети менен усы жылы ғәлле, пахта, пилледен мол өним алынғаны, азық-аўқат өнимлерин жетистириў көбейгени атап өтилген. Аўыл халқын қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жер майданларын бөлистириў ҳәм инфраструктураны раўажландырыў жумысларының избе-из даўам еттирилиўине айрықша итибар қаратылған.
«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы» деп жәрияланған 2025-жылы экологиялық таза технологияларды енгизиў ҳәм аграр тараўды турақлы раўажландырыў зәрүр екенлигине итибар берилген. Президентимиздиң қутлықлаўында дийқан ҳәм фермерлеримиз, аграр тараў жанкүйерлерине ҳадал мийнети, күш-жигери ушын миннетдаршылық билдирилип, жақсы тилеклер айтылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги