Өзбекстан Профессионал футбол лигасы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының (МҲТЕАМ) 5 есесинен кем шәртнамаларды дизимнен өткермейтуғынлығы белгили болды.
Шөлкемге бола, бул жас футболшыларды қоллап-қуўатлаў мақсети менен байланыслы.
«Лига дизиминен өтетуғын мийнет шәртнамаларында минимал мийнет ҳақы белгилеп қойылған болып, оған бола, клуб өз футболшысына Өзбекстанда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан кем болмаған суммада мийнет ҳақы белгилеўи керек.
Профессионал футбол клубларында мийнет ҳақыларының жоқары муғдары артыўда даўам етпекте, бирақ қәбилетли жасларды хошаметлеў мәселесинде бир қатар машқалалар бар»,- делинеди рәсмий мағлыўматлардың таллаў көрсеткишлеринде.
Атап өтилгениндей мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары көринисинде мийнет ҳақыны алып атырған футболшыда өзиниң айлық шығынларын қаплаў менен байланыслы қыйыншылықлар бар. Соннан келип шығып, Өзбекстан Профессионал футбол лигасы ҳәм Өзбекстан футболшылары басқармасы биргеликте Өзбекстан футбол ассоциациясына усы мәселеде қосымша усыныс киргизген.
Ҳәр үш шөлкем биргеликте исенимли қарар қабыл еткенине шекем болса ПФЛ мийнетке ҳақы төлеўдиң бес есе муғдарынан аз болған мийнет шәртнамаларын дизимнен өткермейди, деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги