Усы ҳәптеде Москвада болып өтетуғын ҒМДА мәмлекетлери ҳүкимет басшыларының мәжилисинде Батыс санкциялары шараятында дослық аўқамына ағза мәмлекетлердиң саўда-экономикалық бирге ислесиўин тереңлестириў мәселелери додаланады. Бул ҳаққында РФ Министрлер Кабинети баспасөз хызмети хабар тарқатты.

– Россия Федерациясы басшылығында болып өтетуғын ҒМДА ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде Батыс мәмлекетлери тәрепинен қолланылған санкция шеклеўлери шараятында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң саўда-экономикалық бирге ислесиўин ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылады,-делинеди РФ Министрлер Кабинети баспасөз хызметиниң хабарында.

Онда айтылыўынша, Россия 2024-жылы Дослық Аўқамға басшылық етпекте. Москва басшылығында 150 ден аслам илажлар өткерилиўи режелестирилген.

ӨзА