Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын барлық жергиликли авиақатнаўлар эконом-класс авиабилетлериниң тарифлерине 50 процентке шекем шегирме жәрияланды. Шегирме 2024-жыл 23-декабрьден баслап, 2025-жыл 7-январьға шекем әмелге асырылатуғын авиақатнаўлар ушын әмел етеди.
Бул ҳаққында «Uzbekistan Airways» баспасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, жолаўшы тасыў тарифлерине қосымша түрде ҳәр қыйлы салықлар, жыйымлар ҳәм төлемлер де орнатылады. Оларға 50 процентке шекемги берилетуғын шегирме әмел етпейди.
Авиабилет сатып алып атырғанда студентлер МyGov.uz арқалы алынған ямаса билимлендириў мәкемесинен берилген олардың оқыйтуғыны ҳаққындағы мағлыўматнаманы көрсетиўи керек.
М.Тошқораева,
ӨзА