Газ заправкалардың жумысына шеклеўлер киргизиледи

276

Өзбекстанда суўык ҳаўа себепли заправкалардың жумысына шеклеўлер киргизилмекте. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Соңғы күнлерде республика аймағына суўық ҳаўа ағымы кирип келиўи нәтийжесинде энергия ресурсларына болған талап сезилерли дәрежеде артып бармақта. Бүгинги күнде халықтың тәбийғый газден күнлик пайдаланыў өткен ҳәптедегиге салыстырғанда 20 процент, электр энергиясын пайдаланыўы болса 15 процентке артқан, деп мәлимлеме береди хабар.уз

Бундай жағдайда система кәрханалары тәрепинен электр ҳәм газ узатыў тармақларындағы жумысларды тез ҳәм сапалы шөлкемлестириў, пайдаланыўшыларды энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў мақсетинде системада турақлы түрде зәрүр илажлар көрип барылмақта.

Соның ишинде, суўық күнлерде пайда болыўы мүмкин болган насазлықларды сапластырыў ушын электр ҳәм газ тәмийнаты кәрханаларында күни-түни жумыс алып баратуғын 1 600 дан артық арнаўлы бригадалар шөлкемлестирилди ҳәм олар керекли автотранспорт қураллары ҳәм резерв қурылмалар менен толық тәмийинленди.

Мағлыўмат ушын: электр тәмийнаты кәрханаларына 877 автотранспорт ҳәм 450 арнаўлы техника, газ тәмийинатына – 220 автотранспорт ҳәм 259 арнаўлы техника бириктирилип, 567 кепсерлеў аппараты менен тәмийинленген.

Халық ҳәм социаллық тараў объектлерине энергия ресурсларын турақлы жеткерип бериў бойынша тараў объектлеринде 24 саатлық жумыс режимине өтилген болып, орынларда жумыслардың барысы үстинен турақлы қадағалаў орнатылған. Пайда болған авариялық жағдайларды тезлик пенен сапластырыў илажлары көрилип, аварияны сапластырыўдың орташа ўақты өткен жылдағы 3-3,5 сааттан быйылғы жылы 1-1,5 саатқа шекем қысқартылды.

Сондай-ақ, алдынғы жыллары генерация қуўатлығы дағдарысы себепли мәжбүрий шеклеўлер киргизилген болса, жаңадан иске қосылған қуўатлықлардың есабынан быйылғы жылы шеклеўлер киргизилиўи сапластырылды.

Ҳаўаның температурасының кескин төменлеўи нәтийжесинде пайдаланыўшылардың тәбийғый газге болған талабы кесин артып, республика газ транспорт системасы объектлери максимал қуўатлықларда ислеўине, соның менен бирге, газди жер асты сақлаў қоймаханаларынан режелестирилген максимал күнлик газ алыныўына ҳәм тармаққа узатылыўына қарамастан, қубырларда газ басымының төменлеўи бақланбақта.

Биринши гезекте халықтың турақ жайларын ҳәм социаллық тараў объектлерин (медицина, мектеп, мектепке шекемги билимлендириў, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм басқалар) тәбийғый газ бенен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпамыз екенин инабатқа алып, аймақлардағы жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте ислеп шығылган реже-графиклерге муўапық, пайдаланыў жоқары болған айырым аймақлардағы автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшалары (газ заправкалар) жумысына қысқа мүддетли шеклеў киргизилиўи режелестирилмекте.

Бул бойынша ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимликлери рәсмий мәлимлеме дәреклеринде тийисли тәртипте мағлыўмат берип барыўы жолға қойылады, делинеди министрлик хабарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги