Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги ушын беллести

Спорттың Қол урысы түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги беллесиўлери болып өтти.
Бүгинги күнде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды физикалық жақтан шыныққан кәмил инсан етип тәрбиялаў, аймақларда дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте.
8-9-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде жаслар ҳәм профессионал спортшылар арасында қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги беллесиўлери болып өтти.
Жарысқа жәҳән чемпионаты ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпазлары менен бирге, келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жас спортшылар қатнасты.
Жарыстың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.
Кескин беллесиўлерге бай болған жарыста спортшылар өзлериниң шеберлигин көрсетип, кубок жеңимпазлығы ушын өз-ара гүрес алып барды.
Жарыс соңында жаслар арасында 35 кг салмақта Мийрас Айтбаев, 38 кг да Амангелди Қасымов, 41кг да Сайдакбар Бекчанов, 44 кг да Султан Уралбаев, 48 кг да Бабур Сабуров, 52 кг да Айдос Реймбаев, 57 кг да Улуғбек Қурбаниязов, 62 кг да Бунёд Өмирбаев, 67 кг да Данияр Сапарбаев, +67 кг да Қәллибек Мамбеткаримовлар биринши орынды ийелеўге миясар болды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубогин жеңип алыўға еристи.

Ал, профессионал спортшылар арасында өткерилген беллесиўлерде болса, 80 кг салмақта Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкери Мардон Камалов, 73 кг да Өзбекстан Республикасы қол урысы федерациясынан Мадатбек Хайруллаев, 62 кг да Ишки ислер министрлигинен Абдумажит Қасимовлар жеңип алыўға миясар болды.
Жарыс соңында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги