Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты М.Нызановтың «Тутқын» романы ҳәм «Ийрим» повестиниң презентациясы болып өтти.
Онда Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, жазыўшы-шайырлар қатнасты.
Илажды факультет деканы, филология илимлериниң докторы, доцент Қ.Турдыбаев алып барды.
Илажда жазыўшы өзиниң дөретиўшилик жумысы, жаңа китапты жаратыў процесслери, ондағы тема ҳәм идеялар ҳаққында мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, студентлерди қызықтырған сораўларға жуўап берип, оларға дөретиўшилик ҳәм билим алыў бойынша өз мәсләҳәтлерин берди.
Жаңа китап – «Ийрим» шығармасы ХIХ әсир орталарында болып өткен турмыслық ўақыяны тийкар етип алған. Илажда китаптан үзиндилер оқылып, додалаўлар өткерилди.
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының баслыгы К.Каримов шығып сөйлеп, жаңа китаплар ҳаққында өзиниң унамлы пикирлерин билдирди. Сондай-ақ, Қарақалпақ әдебияты кафедрасы доцентлери Ж.Қаниязова «Тутқын романындағы ҳаял тағдири», Ж.Сагидуллаева «Өмир ийриминдеги бурылыслар» атамасында баянат жасады.
Сондай-ақ, китап презентациясында филология илимлериниң докторы, профессор П.Нуржанов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы А.Әбдиев, шайыр ҳәм аўдармашы, «Әмиўдәрья» журналы бас редакторының орынбасары Ж.Өтениязов ҳәм басқалар шығып сөйледи.
Илаж соңында жазыўшы жас әдебиятшылар дөгереги ағзалары жаңа шығармалар туўралы кең түрде пикирлести.
Қарақалпақстан хабар агентлиги