Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қанлыкөл районында бир қатар социаллық объектлер қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылмақта.

Райондағы Сары алтын аўыл пуқаралар жыйынындағы “Бегжап” аўылы район орайынан дерлик 40-45 километр алыста жайласқан елатлы пунктлердиң бири. Бул жерде басламалы бюджет тийкарында жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спорттыӊ ғалаба ен жайыўына ерисиў бағдарында жасыл қапламалы киши футбол майданшасы, гандбол, волейбол спорт майданшалары қурып питкерилди.

Район басшылары, нураныйлары, аўыл турғынлары, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында бул объектлер салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Мәресимге жыйналғанларды район ҳәкими Б.Султанов байрам менен қызғын қутлықлап, районның спорттағы жетискенликлерине тоқтап өтти. Жас спортшыларға саўғалар тапсырылды.



Атап өтилгениндей, узақ аўылдағы жасыл майданшалар келешектеги чемпионларды таярлаў ушын жасларды өз қушағына шақырмақта.

Илажда аймақ жаслары тәрепинен бундай мүмкиншиликлер ушын миннетдаршылықлар билдирилип, спортта еле де жақсы нәтийжелер көрсететуғынлығына исеним билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги